Back to tasks list

Qaraqalpaq folklori-1

SourceTarget
Бурынғы заман ўақтында, Хорезм елинде, Ақжүрим деген қалада Ҳәсен деген хан болды.
Click to Add translation...
Шаҳы Ҳәсенниң ўақтында Хорезмниң еллерин көп абадан дер еди.
Click to Add translation...
Сансыз қалмақ елинен Тақтаполат «Хорезмди алсам», деп әрман етип жүрди.
Click to Add translation...
Бир күнлери: Шийрин жанын қыйнады, Патша ләшкер жыйнады, Ябыдайын туўлады, Он алты топ сүйретип, Хорезмди алмаға, Отыз мың ләшкер айдады.
Click to Add translation...
Ләшкерлерин ертип, патша жолға рәўана болды.
Click to Add translation...
Бир неше күн жол жүрип, аз ғана емес мол жүрип, Хорезмниң шетине келип қосын таслады.
Click to Add translation...
Тақтаполаттың жақсы көрген ҳәмиреси Абақан ўәзир еди.
Click to Add translation...
Шақырып алып қасына, зерли жығасы дирилдеп, «Шаҳы Ҳәсенге сен тайсалмай бар, басына қайғы сал.
Click to Add translation...
Тегинлик пенен бермесе, Тақтаполат патшамыз Хорезмдей елиңди, соналы айдын көлиңди, дәўлетиңди, бахытыңды, арыз сораған тахтыңды талап етти алмаға, буны қалай көресиз, де.
Click to Add translation...
Тезлик пенен қайт!
Click to Add translation...
—деди.
Click to Add translation...
— Әжеп болар тақсыр,—деп Абақан турып орнынан, Тулпарға ерин салады, Мақпал менен терликлеп, Гүдары айыл шалады, Ақ найза қолға алады, Алдына дабыл өңгерип, Кейнине саўыт бөктерип, Ақтамгердиң жылаўын, Оңғарып жолға салады.
Click to Add translation...
Қырқ жигити оңында, Қырқ жигити солында, Хорезмниң елине, Ләшкер тартып барады, Көзлери оттай жайнады, Ғәрип жанын қыйнады.
Click to Add translation...
Астындағы Ақтамгер, Көкке атып ойнады, Тулпарға қамшы басады, Бәлент қумнан асады, Дәрьядайын тасады, Әйне сәске ўақтында, Шаҳы Ҳәсенниң алдына, Абақан ўәзир жетипти, Ханға қарап турады, Абақанға Ҳәсен шаҳ, «Не арзың бар?
Click to Add translation...
»—деп сорады: —Сени көрип кеўилим болды бийқарар, Болғандай-ақ кең дүньялар бизге тар, Әреби атлы, темир тонлы, әй сардар, Айта бериң бизге қандай арзың бар?
Click to Add translation...
Душпанларға сен саларсаң қайғы-зар, Саўашыңды көрген ғаним муңаяр, Қайсы журттан қайсы журтқа барасаң, Ырасың айтқыл, ҳаслы кәриң ким болар?
Click to Add translation...
—Арзымды есит қулақ салған, Ҳәсен хан «Сиз», деп мен атланып келдим қалмақтан, «Тақтаполат», дер бизиң ханымыз, Журтыңды алмаға етти талабан.
Click to Add translation...
Хорезмде сен бир Ҳәсен төресең, Нешше жылдан бери дәўран сүресең.
Click to Add translation...
Хан жиберди «Хорезмди берсин», деп, Ҳәсен шаҳым, буны қалай көресең?
Click to Add translation...
Елим, деп парлап-күйип жанасаң, Халкың менен мәсләҳәтти саласаң, Саўашларға бизге қарсы шықпасаң, Ханымызға мөриңди алып барасаң!
Click to Add translation...
Мен Абақан, салтанатлы төремен, Ат қуйрығын Нәдиршадай өремен, Жайлы екен Тақтаполат ханымыз, Ҳәсен ханым бес күн мәўлет беремен!
Click to Add translation...
Ләшкериңди жыйна, халқыңа ур жар, Бизиң менен саўаш ашсаң, геллеғар!
Click to Add translation...
Саўашпасаң, я журтың бермесең, Басларыңа биз салармыз қайғы-зар.
Click to Add translation...
Ҳәсен хан турды ойланып… Абақан сөзин айтып боп, Атының басын тартады, — Көргенше хош бол, Ҳәсен хан,— Деп Абақан қайтады.
Click to Add translation...
Ҳәсен хан алпыс еки ҳәмелдар, жетпис еки мөҳирдар, барлық бийин жыйнады;
Click to Add translation...
ғарры жанды қыйнады.
Click to Add translation...
Ортаға шығып Ҳәсен хан, буларға қарап толғады: Алпыс еки ҳәмелдар, Жыйналысқан беглерим, Хорезмди алмаға, Халқыма қайғы салмаға, Келипти айдап ләшкерин, Тақтаполат залым хан.
Click to Add translation...
Белиңди қынап буўмасаң, Басыңды жолға қоймасаң, Мәрт болып саўашта, Келген жаўды қуўмасаң, Алар келип елиңди, Солдырар қызыл гүлиңди, Олжа қылар малыңды, Жесир етер қызыңды, Қул етерлер улыңды.
Click to Add translation...
Берк буўмасаң белиңди, Қорымасаң елиңди, Ала ғойса Тақта хан, Солдырар қызыл гүлиңди.
Click to Add translation...
Пасық қылар диниңди.
Click to Add translation...
Алпыс еки ҳәмелдар, Ақыллы дана төресең, Бир бириңниң изиңе, Иззет пенен ересең, Ҳәсен шаҳтың алдында, Қандай кеңес бересең?
Click to Add translation...
Бул сөзди айтып болғанда, Жыйналысқан көп беглер, Муңайып бәри турады, Көп ишинен бир ўәзир, (Ол ўәзирдиң лақабын, «Сарим ўәзир», дер еди), Сайланып шығып ортаға, Көпке қарап сөйледи, Сөйлегенде не деди: — Тыңласаңыз патшаҳым, Шығып ханның алдына, Саўаш қурсаң набада, Қаларсаң халықтың қанына.
Click to Add translation...
Қарсы келсең набада, Тақтаполат залым хан, Суўдай төгер қаныңды, Алар шийрин жаныңды, Олжалар қылар малыңды, Қозғар гөне дәртиңди, Қозға көмер артықды, Көширип кетер журтыңды.
Click to Add translation...
Оннанда биз хат жазып, Ҳал-жағдайларды айтып, Халықты қырмай, урыспай, Тақтаполат патшаға, Ели-журтты берейик?
Click to Add translation...
Зийўар менен Жанай мектептен қайтып киятыр еди.
Click to Add translation...
Атасының адамларды жыйнап, мәсләҳәт етип отырғанын көрип, Сарим ўәзирдиң сөзин еситип, еки бала жыйналған көпшиликтиң арасына келип, халыққа бир ғулғыла түскенин, ел шетине жаў келгенин билип, қанлары қайнап, көзлери оттай жанады.
Click to Add translation...
Жигери тасып, аяғын ғаз-ғаз басып, ортаға шығып, Зийўар жыйналған әлеўметлерге қарап бир сөз баслайды, — Жыйналысқан адамлар, Арзымды есит, ағалар, Келген жаў менен урыспай, Халықты берсек душпанға.
Click to Add translation...
Болмай ма бизге намыс-ар?
Click to Add translation...
Журтыңды алса залым хан, Ел-ҳалқыңды шуўлатып, Басыңа салар қайғы-зар.
Click to Add translation...
Елиңди берсең еңиретип, Болмас па екен намыс-ар?
Click to Add translation...
Бизлер менен оқысқан, Он мыңдайын бала бар, Ели-ҳалқың тағы бар, Он мыңдай ләшкер бар.
Click to Add translation...
Қарыў-жарақ тағы бар, Аўыр топлар бизде бар.
Click to Add translation...
Бизге келген душпанға, Ат қоямыз бәримиз, Урыспаға жаў менен.
Click to Add translation...
Қорықсаңыз, бизге рухсат бер: Душпан менен урысып, Нар буўрадай алысып, Қайтпай найза салысып.
Click to Add translation...
Қызыл қанға қарысып, Жаўдың мурынын уўайық, Жерге тамған қанларын, Ағын суў менен жуўайық.
Click to Add translation...
Зийўардың мәртлик сөзлерин, Халайық тыңлап турады, Жүреклери шәўкилдеп, Бәри ҳаллас урады.
Click to Add translation...
Зийўар атлы улының, Ер екенин сөзинен, Журт ийеси Ҳәсен хан, Сол ўақытта биледи.
Click to Add translation...
, Жар урады қалаға, Қайғы түсти сол ўақта, Қатын менен балаға.
Click to Add translation...
Ғамға кеўилин толтырды.
Click to Add translation...
Ақша жүзин солдырды.
Click to Add translation...
Жыйнап елден жигитти, Ләшкерлердиң санларын, Он бир мыңға толтырды.
Click to Add translation...
Батыр туўған Ҳәсен хан, Ақ туўды қолға алады, Қайғы түсти сол ўақта.
Click to Add translation...
—Атланың жаўдың үстине!
Click to Add translation...
— Деп халыққа жар салады.
Click to Add translation...
—Халайық, жаўым улғайды, Атланбасаң болмайды, Я алың я өлиң—деп, Халқына қарап толғайды: «Атланың жаўға мәртлерим, Солдырың жаўдың гүллерин.
Click to Add translation...