Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-7
Source | Target |
---|---|
Қарсы шапқан геўирдиң, Зийўар барды оңынан, Ер Жанай барды солынан, Ҳәсен хан барды алдынан. | Click to Add translation... |
Хорезмли қайсарлар, Қайтпай ерди соңынан, Қундақлы қара мылтықтан, Сатырлатып оқ шашты, Қынапқа салса қылт еткен, Суўырып алса жылт еткен, Қәҳәрленсе тас бөлген, Силтегенде бас кескен, Жарқылдаған қылышлар, Геўирлердиң геллесин, Қылт етсе қыйып барады, Дослар берген ақ найза, Жүрегинен жаўларды, Түйреп таслап барады. | Click to Add translation... |
Хорезм ханы Ҳәсенша, Ләшкерлердиң алдында, Өзи баслап барады, Зийўар менен ер Жанай, Ғаўлап қашқан геўирлерге, Жетип қырғын қылады, Ноғайлар атқан қара топ, Тасларды қақ жарады, Жарадар болған геўирлер, Көзин жаслап барады, Зийўар менен ер Жанай, Лалаўласқан геўирдиң, «Алдын қырдым» дегенде, Кейни ғаўлап толады, «Кейнин қырдым» дегенде, Алды ғаўлап толады, Еки жақтың ләшкери, Қатты саўаш қылады, Геўирлер менен урыста, Зийўар менен ер Жанай, Қайтпай ғайрат салады, Геўирлердиң қанына, Жылға-сайлар толады, Есин билмеген геўирге, Киямет-қайым болады, Тақтаполат залымның, Қызыл жүзи солады, Геўирлерди ноғайлар, Кейнине қарап қуўады, Тақтаполат ханның, Басына күнлер туўады, Хорезмди алыўға, Қанғып келген геўирлер, Көкше таўдың үстинде, Кейнине қашып барады, «Алла»лаған сеслери, Жүрегин жаўдың жарады, Қуўған сайын геўирлерди, Ерлердиң кеўили тасады, Көкше таўдан асады, Найзалар тийген ўақытта, Геўирлер қан қусады. | Click to Add translation... |
Тақтаполат залым хан, Басына күн туўғанда, Өлигине қарамай, Тириниң ҳалын сорамай, Жарадар болған жолдасын, Қолтықлаўға жарамай, Жүдә жаман сасады, Атына қамшы басады, Кейнине қарап қашады, Бесмазардың сыртында, Геўирлердиң журтында, Қанлы өзек бар екен, Қаны менен ноғайдың, Толып аққан сай екен, Қан сасыған жер екен, Үш күн тынбай урысып, Геўирлерди ноғайлар, Дәрбентке қуўып келеди, Намазлыгер ўақтында, Қанлы өзектиң бойында, Геўир қамал етеди. | Click to Add translation... |
Геўирдиң ханы Тақта хан, Бесмазардан қашқанда, Зийўар менен Жанайдың, Билген еди ерлигин. | Click to Add translation... |
Шабарманы Абақан, Ләшкерлерин таслады, Атына қамшы басады, Елине қарап қашады, Ярым ақшам ўақтында, Елине жетип барады, Елине хабар салыпты, Елиндеги халықтың, Ҳәммесин жыйнап алыпты. | Click to Add translation... |
Арбаларды тоғытып... | Click to Add translation... |
Ели-журтын ызғытып, Тастай қамал болыпты. | Click to Add translation... |
Майданнан келген шабарман. | Click to Add translation... |
Тағы бир қыял ойлады. | Click to Add translation... |
Тереңге түсип бойлады, «Бул кеткеннен кетерсең, Ләшкерлерге жетерсең, Бәрибир ләшкерлер менен, Жеңе алмаспыз ноғайды, Және қайтып келерсең, Я болмаса журтыңды, Ноғайларға берерсең... | Click to Add translation... |
Салтанатлы патшамның, Ул перзенти жоқ еди, Көрер көзи улдайын, Жалғыз қызы бар еди. | Click to Add translation... |
Өзи нашар болса да, Қорықпайтуғын душпаннан, Жүреги күшли шер еди. | Click to Add translation... |
Нашар да болса қолынан, Ҳәр түрли ис келеди, Не де болса булманнан, Кейниме қарап қайтайын, Қашқанымызды ноғайдан, Билмей жүрген шығарды? | Click to Add translation... |
Атасының қашқанын, Ақтамаққа айтайын», Деп аттың басын бурады, Алдына туўра жүреди. | Click to Add translation... |
Қалың елдиң шетинде, Душпанның келер бетинде, Саҳраға бағлар ектирген, Шәменли бағдың ишине, Ақ отаўлар тиктирген, Уўықлары данданнан, Керегеси гүмистен, Шаңарағы сап алтын. | Click to Add translation... |
Босағасын борлатқан, Маңлайшасын отаўдың, Маржан менен торлатқан, Бақалағын орданың, Гәўҳар менен ойдырған, Маңлайына орданың, Шамшырақ жағып қойдырған, Бир қараған адамның, Көзиниң нурын тойдырған, Ақ ордаға келеди, Аттан әсте түседи. | Click to Add translation... |
Алтын ақырдың үстинде, Гүмистен қаққан қазыққа, Атын беккем байлады; | Click to Add translation... |
Көзи оттай жайнады, Сары жез бенен торлатқан, Есикти ашып Абақан, Ишкериге киреди. | Click to Add translation... |
Зерли жыға басында, Үш жүз алпыс перийзат, Қол қаўсырып қасында. | Click to Add translation... |
Алтын тарақ қолында, Жипектей шашын тараған, Ханның қызы Қаншайым, Қол қаўсырған бетинде, Алтын тахта отырған, Ақтамақтай арыўға, Әкесиниң ўәзири, Абақан сәлем береди, Бир бәлениң болғанын, Ўәлийлик пенен биледи, Ханның қызы Қаншайым. | Click to Add translation... |
Гүмистен қазық қақтырып, Арғымақлар бақтырып, Мойнына маржан тақтырып, Алтыннан ақыр салдырып, Көргенниң көзин талдырып, Халықты ҳайран қалдырған, Қайтпайтуғын гүрестен, Табылатуғын ҳәр истен, Гүресиўге ким болса да, Тартынбастан шыққандай, Гүрескенин майданда, Шалқа салып жыққандай, Қарсы сөйлеген адамның Аўзынан зеги шыққандай— Сондай еди Ақтамақ. | Click to Add translation... |
Қызлар менен қосылып, Күнде ойын, күнде той, Заўықлы сазлар шертилип, Мәслик етип жатқанда, Тақтаполат әкеси, Ноғайлы менен урысып, Ләшкерлери қырылып, Зийўар менен Жанайға, Бетлей алмай майданда, Маңлайлары жарылып, Терилери сыйырылып, Кейнине қашқан хабарды, Еситкенде Ақтамақ, Еси аўып қалыпты, Арадан аз-кем өткен соң, Былбыраған денесин, Зордан жыйнап алыпты. | Click to Add translation... |
—Бағларда ашылған гүллер лалазар, Жамалымды көрген жанлар қуўанар, Атам менен бирге кеттиң ноғайға, Абақаным, жан атамнан бер хабар? | Click to Add translation... |
Атам кетти қылалмадым кеўлим шад, Меннен басқа атамда жоқ зүрият, Кетип едиң Хорезмге екеўиң, Абақаным, атамнан тез хабар айт? | Click to Add translation... |
Он төртимде болып едим пирқаман, Атам менен бирге кеткен, Абақан, Өлимекен, тиримекен жан атам, Сен атамнан хабар бергил, ағажан? | Click to Add translation... |
—Ноғайлы қырмаға биз еттик жаўлан, Залым ноғайлылар бермеди аман, Ақжүримниң қарсысына барғанда, Ҳаўаз шықты Зийўар, Жанай баладан. | Click to Add translation... |
Зийўар, Жанай батыр, кирди саўашқа, Шыдам берип мәртлер урған қылышқа. | Click to Add translation... |
Қалмақлар да қарсы турып майданда, Ноғай менен бизлер түстик жарысқа. | Click to Add translation... |
Ноғай-қалмақ аш жолбарыстай алысты, Әлмайданда ийзеп найза салысты, Қайтпай ноғайлылар менен урыстық. | Click to Add translation... |
Ноғайларға қолдан бермей намысты. | Click to Add translation... |
Зийўар менен Жанай қайсар мәрт екен, Өлмей елин бермеў оларға шәрт екен, Қанша елди қырып қанлар төксең де, Балалардан қорқып қашқан дәрт екен. | Click to Add translation... |
Бизлер қаштық қуўа берди ноғайлар... | Click to Add translation... |
Мысал, өртенгендей қалың тоғайлар! | Click to Add translation... |
Таўдай болып геўирлердиң геллеси, Қанға толып ақты анда көп сайлар. | Click to Add translation... |
Алдымызда жақын еди Бесмазар, Бизлер қашып жылап келдик зар-зар, Бесмазарда қарсы турып урыстық... | Click to Add translation... |
Шыдатпады Зийўар, Жанай батырлар. | Click to Add translation... |
Атаңыз тарықты қатты, солманда, Ноғайдан қутылмақ болды гүманда, Зийўар, Жанай ноғайларға бас болып, Бизлерди зарлатып қуўды оннан да. | Click to Add translation... |
Сегбир тартып атларымыз болдырды, Залым ноғай жүзимизди солдырды, Арыслан туўған Зийўар менен ер Жанай, Жылға-сайды өликлерге толтырды. | Click to Add translation... |
Ноғайларға ете алмадық амалды, Атаңның басына қайғы-ғам салды, Басқы таўып, «Қашып қырылмайық», деп, Ләшкерлери Қанлы өзекке қамалды. | Click to Add translation... |
Атаң Тақтаполат жаман сасқанды, Бесмазардан кейин қатты қашқанды, Ноғайларды Қанлы өзектен өткермей, Дәрбент жолда тоқтатып тур душпанды. | Click to Add translation... |
«Абақаным, ғарры жанды қыйна»,—деп, «Барғаныңда көздиң жасын тыйма»,—деп, «Атаңыз дәрбенттен елге жиберди, «Қатын-қалаш, ғаррыларды жыйна», - деп. | Click to Add translation... |
Мәрт болсаң, изиме ҳәзир ересең, Ермесеңиз ноғайға елди бересең! | Click to Add translation... |
Усы тапсырманы айтты атаңыз, Ақтамақжан, буны қалай көресең? | Click to Add translation... |
Ақтамақжан, көп ойыңнан пайда жоқ, Көп ойласаң кеўилинде қайғы-шоқ, Азырақ егленсең ноғайлар келип, Зийўар, Жанай жүрегиңе қадар оқ. | Click to Add translation... |
Хан атаңның қабырғасы сөгилер, Жерге суўдай қызыл қанлар төгилер, Зийўар минип хан атаңнын тахтына, Атаның өлигин тартар гүржилер. | Click to Add translation... |
Зийўар ерге тоқаллыққа тийерсең, Ақ шашар үстиңе қара кийерсең, Тақтаполат ханның қызы—ханша едиң, Келин болып ноғайға бас ийерсең! | Click to Add translation... |
Күң болып төбе шашың түйерсең, Күниң ушын ноғайлыны сүйерсең, «Тоқал» деген сөз сүйектен өткенде, Ноғайлының тандырындай күйерсең! | Click to Add translation... |
Жүрмесеңиз қызыл гүлиң солғаны, Атаңыздың пайманасы толғаны, Қызым барың, я бармаңыз өзиң бил, Абақан ағаңның айтып болғаны. | Click to Add translation... |
Сол ўақытта Ақтамақ, Орнынан ырғып турады, Үш жүз алпыс қызына, Қарап мойнын бурады! | Click to Add translation... |
Ақтамақ көзин жаслады, Нәсийҳат берип қызларға Қайсар қыз бир сөз баслады, —Қәнизлерим, сизге қылдым итият, Саўаш күни сайлап миндим әреби ат, Жаслайыңнан бирге өстиң шайқалып, Атлан өш алыўға ҳәр бир перийзат. | Click to Add translation... |